Telegram Web Link
Forwarded from Huquqiy axborot
#Адлия_табриги

Азиз юртдошлар!

Барчангизни шукроналик, саховат ва меҳр-оқибат айёми – Рамазон ҳайити билан самимий муборакбод этамиз.

Юртимизда тинчлик ва хотиржамлик бардавом, адолат ҳамиша барқарор бўлсин!

Ҳурмат билан Адлия вазирлиги жамоаси

Каналга уланиш👇👇👇
https://www.tg-me.com/huquqiyaxborot
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Билесизбе

❗️Нызамшылыққа көре, айлық (ис ҳақы) төленетуғын күн дем алыс күнине ямаса исленбейтуғын байрам күнине туўры келип қалғанда ис ҳақы усы күнлер қарсаңында төлениўи керек.

▶️ Айлық алыў ўақты кешиктирилсе кешиктирилген ҳәр бир күн ушын Орайлық банк қайта қаржыландырыў ставкасының 10 проценти муғдарында компенсация төлениўи керек.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❗️Коррупцияға қарсы гүресиў айлығы

🏢Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен апрель айы “Коррупцияға қарсы гүресиў айлығы” деп жәрияланды.

📣Айлық шеңберинде:
билимлендириў орынларында ҳәм мийнет жәмәәтлеринде коррупциялық ҳуқықбузарлықлар ҳәм мәплер соқлығысыўының алдын алыўға қаратылған үгит-нәсият жумыслары әмелге асырылады;
“Билесизбе” хеш теги менен қызықлы материаллар, постлар, видеороликлер таярланады;
коррупцияның алдын алыўға қаратылған тәсиршең видеороликлер социаллық тармақлар ҳәм халық кѳп жыйналатуғын орынларда мониторларға жайластырылады.

📌Толық мағлыўматлар менен Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң социаллық тармақлардағы каналлары арқалы бақлап барыўыңыз мүмкин
@huqiqiymalimleme
@KRAdillikMinistrligi

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#2025_жыл_1_апрельден

🔖Нызамшылыққа көре, ҳәр айда 1 аймақта "Инвестор күнлери"н шөлкемлестириў белгиленген.

✔️Бунда аймақтағы жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиў бағдарламалары да жолға қойылады.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#2025_жыл_1_апрелден

🔖Нызамшылыққа көре, Самарқанд ҳәм Ташкент қалаларында эксперимент түринде аутсорсинг тийкарында Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген бағыўшысын жоғалтқан толық болмаған шаңарақлар, мийнетке жарамлы ағзасы болмаған шаңарақлар, еки ҳәм оннан артық майып ағзалары бар шаңарақлардағы өзгелер күтимине мүтәж шахсларға күндизги қатнаў тийкарында қарап турыў хызмети көрсетиледи.

❇️️Сондай-ақ, социаллық жетимликтиң алдын алыў, жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларға индивидуал қатнас тийкарында шаңараққа жақын орталықта ғамхорлық көрсетиў ҳәм де тәрбиялаў хызметин көрсетиў мақсетинде мәҳәллелерде шаңарақ түриндеги киши көлемли балалар үйлери шөлкемлестириледи.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#2025_жыл_1_апрельден

🔖Нызамшылыққа көре, Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлар ушын "Социаллық дәптерлер" қорлары арқалы қоллап-қуўатлаўдың жаңа инструментлери енгизиледи.

🔰Атап айтқанда, "Жаслар дәптери" қоры есабынан майыплығы болған жасларға параспорт дөгереклерине қатнасыўы ушын жол ҳақы қәрежетлерин ҳәр айда БЕМның 1 есесине шекемги муғдарда қаплап бериў белгиленген.

📝Бунда майыплығы болған жаслардың параспорт дөгереклерине қатнасыўы Спорт министрлигиниң "ERP-sport" мәлимлеме системасы арқалы мониторинг етип барылады.

✔️Сондай-ақ, қор есабынан 6 ай даўамында турақлы рәўиште спорт ҳәм көркем өнер дөгереклерине қатнасып атырған жаслар ушын баҳасы БЕМның 10 есесинен аспайтуғын арнаўлы спорт формасы, инвентарь, музыка ҳәм саз әсбапларын сатып алыў ушын қаржылар ажыратылады .

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#2025_жыл_1_апрельден #Ҳаял_қызлар_ҳуқықы

🔖Нызамшылыққа көре, Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлар ушын "Социаллық дәптерлер" қорлары арқалы қоллап-қуўатлаўдың жаңа инструментлери енгизиледи.

✔️Атап айтқанда, кеминде 3 ҳаял-қызлар, жаслар ҳәм халықтың басқа мүтәж категориялары бәнтлиги ҳәм де социаллық белсендилигин тәмийинлеўге қаратылған социаллық жойбарларды қаржыландырыў ушын тийислисинше "Ҳаяллар дәптери", "Жаслар дәптери" ҳәм "Сақаўат ҳәм көмек" қорлары есабынан БЕМның 60 есесине шекемги муғдарда грантлар ажыратыў белгиленген.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#2025_жыл_1_апрельден

❇️Нызамшылыққа көре, пуқараларды медициналық-социаллық экспертиза комиссиясы (кейинги орынларда - МСЭК) көриўине жибериў ушын зәрүр болған әмелдеги емлениў мүддетлери бойынша талап бийкар етиледи ҳәм де ҳәр бир кеселликтиң кешиўи ҳәм түринен келип шығып өз алдына белгиленеди.

🔴Сондай-ақ, МСЭК тәрепинен кәсипке, спортқа ҳәм билимлендириўге усыныс бериў тәртиби бийкар етиледи ҳәм де МСЭКтиң ўақтынша мийнетке жарамсызлық бетиниң мүддетин созыў ҳәм де арнаўлы үскенеленген транспорт қуралын басқарыў қәбилетин анықлаўға байланыслы функциялары мәмлекетлик медицина мәкемелерине өткерилиўи арқалы сапластырылады;

✔️Буннан тысқары, 18 жастан үлкен шахсларға майыплықты белгилеўде майыплықтың мүддети, себеби, медициналық реабилитация илажлары, сондай-ақ, протез-ортопедия үскенелери ҳәм реабилитациялаўдың техникалық қуралларына мүтәжлигине байланыслы мағлыўматлар "Бирден-бир миллий социаллық қорғаў" мәлимлеме системасында қәлиплестириледи.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Пропаганда
#Билесизбе

❗️️Мәмлекетлик пуқаралық хызметкери коррупцияға маўасасыз мүнәсибетте болыўы ҳәм коррупцияға алып келиўи мүмкин болған ҳәрекетлердиң (ҳәрекеcизликтиң) алдын алыўы шәрт.

✔️Егер мәмлекетлик пуқаралық хызметкери коррупция фактлери ҳаққындағы мағлыўматқа ийе болса, ол коррупцияның алдын алыў ушын зәрүр илажлар көриўи, соның ишинде жоқары турыўшы мәмлекетлик уйымды (лаўазымлы шахсты) ямаса коррупцияға қарсы гүресиў бойынша арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымды дәрҳал хабар етиўи ямаса ҳуқық қорғаў уйымына мүрәжат етиўи керек.

📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
2025/04/08 02:37:23
Back to Top
HTML Embed Code: