#Мийнет_ҳуқықлары
️⚠️ Нызамшылыққа көре, мийнет шараяты қолайсыз жумысларда бәнт болған хызметкерлер белгиленген нормалар бойынша сүт (соған теңлестирилген басқа азық-аўқат өнимлери), емлеў-профильактикалық азық-аўқат, газленген дузлы суў (ыссы цехларда ислеўшилер ушын), арнаўлы кийим-бас, санитариялық кийим-бас, арнаўлы аяқ кийим ҳәм басқа да жеке қорғаў ҳәм гигиена затлары менен бийпул тәмийинленеди.
💸 Хызметкерлердиң жеке қорғаныў қуралларын алыў, сақлаў, жуўыў, тазалаў, оңлаў, дезинфекциялаў ҳәм зыянсызландырыў жумыс бериўшиниң қаржылары есабынан әмелге асырылады.
📱 T/m 📱 F/b 📱 I/m 📱 T/m 📱 Y/T
️
💸 Хызметкерлердиң жеке қорғаныў қуралларын алыў, сақлаў, жуўыў, тазалаў, оңлаў, дезинфекциялаў ҳәм зыянсызландырыў жумыс бериўшиниң қаржылары есабынан әмелге асырылады.
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Хызметкерди басқа жумыс бериўшиге ўақтынша хызмет сапарына жибериў тек ғана оның жазба разылығы менен қанша мүддетке әмелге асырылыўы мүмкин?
Anonymous Quiz
51%
3 айдан көп болмаған мүддетке
24%
6 айдан көп болмаған мүддетке
21%
1 жылдан көп болмаған мүддетке
3%
2 жылдан көп болмаған мүддетке
#Тутыныўшы_ҳуқықлары
⚠️ ️Нызамшылыққа көре, тутыныўшы қолайлы сапалы азық-аўқатлық емес товарды сатып алған күнинен баслап 10 күн ишинде усы товар сатып алынған жердеги сатыўшыдан оны тап сондай товарга алмастырып алыўға, егер бундай товар сатыўда болмаса, пулын қайтарып алыўға ҳақылы.
📃Егер товардан пайдаланылмаған, ол зыянланбаған, қадағы менен қайтарылған болса, оның тутыныў қәсиетлери сақланған ҳәм усы сатыўшыдан сатып алғанлығын тастыйықлаўшы тийкарлар болса, тутыныўшының товарды алмастырыў ямаса қайтарып алыў ҳаққындағы талабы қанаатландырылыўы лазым.
📱 T/m 📱 F/b 📱 I/m 📱 T/m 📱 Y/T
📃Егер товардан пайдаланылмаған, ол зыянланбаған, қадағы менен қайтарылған болса, оның тутыныў қәсиетлери сақланған ҳәм усы сатыўшыдан сатып алғанлығын тастыйықлаўшы тийкарлар болса, тутыныўшының товарды алмастырыў ямаса қайтарып алыў ҳаққындағы талабы қанаатландырылыўы лазым.
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Билесизбе
🔖 Субъекттың разылығы менен еркин пайдаланылыўы мүмкин болған ямаса жасырынлыққа әмел етиўге байланыслы талаплар қолланылмайтуғын шахсқа байланыслы мағлыўматлар ҳәмме пайдаланыўы мүмкин болған шахсқа байланыслы мағлыўматлар болып есапланады.
✔️ Халықты мәлимлеме менен тәмийинлеў мақсетинде шахсқа тийисли мағлыўматлардың ҳәмме пайдаланыўы мүмкин болған дереклери (соның ишинде биографиялық мағлыўматнамалар, телефон, мәнзил китаплары, ҳәмме пайдаланыўы мүмкин болған электрон мәлимлеме ресурслары) жаратылыўы мүмкин.
📝Субъект ҳаққындағы мағлыўматлар шахсқа тийисли мағлыўматлардың ҳәмме пайдаланыўы мүмкин болған дереклеринен оның мүрәжатына көре, келисим қандай формада берилген болса, сондай формада ямаса жазба формада, соның ишинде электрон ҳүжжет түринде, сондай-ақ, ўәкилликли мәмлекетлик уйымның ямаса судтың қарарына көре шығарып тасланыўы мүмкин.
📱 T/m 📱 F/b 📱 I/m 📱 T/m 📱 Y/T
📝Субъект ҳаққындағы мағлыўматлар шахсқа тийисли мағлыўматлардың ҳәмме пайдаланыўы мүмкин болған дереклеринен оның мүрәжатына көре, келисим қандай формада берилген болса, сондай формада ямаса жазба формада, соның ишинде электрон ҳүжжет түринде, сондай-ақ, ўәкилликли мәмлекетлик уйымның ямаса судтың қарарына көре шығарып тасланыўы мүмкин.
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Билесизбе #Экологиялық_ҳуқуқлар
⚠️ ️Нызамшылыққа көре, шығындыларды аймақлы пунктлер жерлеринде, тәбиятты қорғаў, саламатландырыў, рекреация мақсетлерине мөлшерленген жерлерде, материаллық мәдений мийрас объектлери жайласқан жерлерде, пуқаралардың өмири ҳәм денсаўлығына, сондай-ақ тәбиятты қорғаў объектлерине ҳәм де қорғалатуғын тәбийий аймақларға зыян жеткериў қәўпи келип шығыўы мүмкин болған басқа орынларда сақлаў ҳәм бундай орынларға көмип таслаў қадаған етиледи.
📱 T/m 📱 F/b 📱 I/m 📱 T/m 📱 Y/T
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Салық_жеңилликлери
️🔖 Салық дәўири даўамында мийнетке ҳақы төлеў ең кем муғдарының 2,11 есесине шекемги баҳада жумыс бериўши тәрепинен хызметкерге берилген натура түриндеги саўғалар дәрамат салығына тартылмайды.
✔️ Сондай-ақ, алдын усы жумыс бериўшиниң хызметкерлери болған ислемейтуғын пенсионерлер ҳәм мийнет қәбилетин жоғалтқан шахслар, қайтыс болған хызметкердиң шаңарақ ағзалары тәрепинен алынған усы баҳадағы саўғалар ҳәм де басқа түрдеги жәрдемлерден де дәрамат салығы услап қалынбайды.
📱 T/m 📱 F/b 📱 I/m 📱 T/m 📱 Y/T
️
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Билесизбе
🔖 Нызамшылыққа көре, егер Өзбекстан Республикасының кейинги нызамшылығы инвестиция етиў шараятларын аўырластырса, инвестиция етиў сәнесинде әмелде болған нызамшылық сырт ел инвесторларына инвестиция етиў ўақтынан баслап 10 жыл даўамында қолланылады.
✔️ Инвестор өзиниң инвестиция ислеў шәрт-шараятларын жақсылайтуғын жаңа нызамшылық қағыйдаларын өз қәлеўине көре қолланыў ҳуқықына ийе.
📱 T/m 📱 F/b 📱 I/m 📱 T/m 📱 Y/T
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM