Forwarded from Пропаганда
#Билесизбе
❗️ ️Мәмлекетлик пуқаралық хызметкери коррупцияға маўасасыз мүнәсибетте болыўы ҳәм коррупцияға алып келиўи мүмкин болған ҳәрекетлердиң (ҳәрекеcизликтиң) алдын алыўы шәрт.
✔️ Егер мәмлекетлик пуқаралық хызметкери коррупция фактлери ҳаққындағы мағлыўматқа ийе болса, ол коррупцияның алдын алыў ушын зәрүр илажлар көриўи, соның ишинде жоқары турыўшы мәмлекетлик уйымды (лаўазымлы шахсты) ямаса коррупцияға қарсы гүресиў бойынша арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымды дәрҳал хабар етиўи ямаса ҳуқық қорғаў уйымына мүрәжат етиўи керек.
📱 T/m 📱 F/b 📱 I/m 📱 T/m 📱 Y/T
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Билесизбе
❗️ Нызамшылыққа көре, айлық (ис ҳақы) төленетуғын күн дем алыс күнине ямаса исленбейтуғын байрам күнине туўры келип қалғанда ис ҳақы усы күнлер қарсаңында төлениўи керек.
▶️ Айлық алыў ўақты кешиктирилсе кешиктирилген ҳәр бир күн ушын Орайлық банк қайта қаржыландырыў ставкасының 10 проценти муғдарында компенсация төлениўи керек.
📱 T/m 📱 F/b 📱 I/m 📱 T/m 📱 Y/T
▶️ Айлық алыў ўақты кешиктирилсе кешиктирилген ҳәр бир күн ушын Орайлық банк қайта қаржыландырыў ставкасының 10 проценти муғдарында компенсация төлениўи керек.
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Билесизбе #Пенсия_ҳәм_социаллық_қорғаў
️⚠️ Нызамшылыққа көре, пенсионерге есаплап шығарып қойылған, бирақ ол тәрепинен өз ўақтында талап етип алынбаған пенсия пулы пенсияны алыў мақсетинде мүрәжат етилгенинен алдынғы 24 айдан аспаған дәўир ушын төленеди.
✔️ Бирақ, пенсияны тайынлаўшы ямаса төлеўши органның айыбы менен өз ўақтында алынбай қалған пенсия пулы өткен дәўир ушын мүддети шекленбеген тәризде төленеди.
📱 T/m 📱 F/b 📱 I/m 📱 T/m 📱 Y/T
️
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Билесизбе #Билимлендириў
⚠️ ️Нызамшылыққа көре, инклюзив билимлендириў айрықша билимлендириў мүтәжликлери ҳәм индивидуал имканиятлардың ҳәр қыйлылығын есапқа алған тәризде барлық билим алыўшылар ушын билимлендириў шөлкемлеринде билим алыўға болған теңдей имканиятларды тәмийинлеўге қаратылған.
❇️️Физикалық, ақылый, сенсор (сезиў) ямаса руўхый нуқсанлары болған балалар (шахслар) ушын билимлендириў шөлкемлеринде инклюзив билимлендириў шөлкемлестириледи.
📱 T/m 📱 F/b 📱 I/m 📱 T/m 📱 Y/T
❇️️Физикалық, ақылый, сенсор (сезиў) ямаса руўхый нуқсанлары болған балалар (шахслар) ушын билимлендириў шөлкемлеринде инклюзив билимлендириў шөлкемлестириледи.
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Төмендегилерден қайсы бири волонтёрлық жумысы тараўындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым есапланады?
Anonymous Quiz
12%
Перспективалы жойбарлар миллий агентлиги
12%
Инновациялық раўажланыў агентлиги
10%
Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги
66%
Жаслар ислери бойынша агентлик
🔰1993-жыл 9-апрель – Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы ҳәм “Мәмлекетлик герб ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилген күн
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы алғы сөз, 6 бөлим, 26 бап, 121 статьядан ибарат.
Усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Конституциясына 8 мәртебе ѳзгерис ҳәм қосымшалар киргизилген.
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги жәмәәти гүллан халқымызды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 32 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлайды.
📱 T/m 📱 F/b 📱 I/m 📱 T/m 📱 Y/T/T
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы алғы сөз, 6 бөлим, 26 бап, 121 статьядан ибарат.
Усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Конституциясына 8 мәртебе ѳзгерис ҳәм қосымшалар киргизилген.
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги жәмәәти гүллан халқымызды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 32 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлайды.
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Билесизбе
⚠️ ️Жолларда транспорт қуралларының ҳәрекетлениўин шеклеў ямаса қадаған етиў төмендеги жағдайларда тийисли ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың мәлимлемесине тийкарланып әмелге асырылады:
🔸жол ҳәрекети қәўипсизлигине, соның ишинде, пуқаралардың өмири ямаса денсаўлығына қәўип болғанда;
🔸экстремал климат шараятлары ҳаққында, тәбийий апатшылықлар, авариялар, өртлер, тәбийий ҳәм техноген характердеги басқа айрықша жағдайлардың жүз бериў қәўпи ҳаққында белгиленген тәртипте ескертиў келип түскенде;
🔸экстремал климат шараятлары, тәбийий апатшылықлар, авариялар, өртлер, тәбийий ҳәм техноген характердеги басқа айрықша жағдайлар жүз бергенде;
🔸жол-транспорт ҳәдийселери жүз бергенде;
🔸нызамда нәзерде тутылған оператив-излеў илажлары, сондай-ақ, процессуал ҳәрекетлер әмелге асырылып атырғанда;
🔸ғалабалық илажлар (спорт илажлары ҳәм мәдений илажлар, кино- ҳәм фото сүўретке алыў, ғалабалық сейиллер, ярмаркалар, ғалабалық жүрислер ҳәм басқа да илажлар) өткерилип атырғанда;
🔸қорғалатуғын шахслар жолда ҳәрекетленип атырғанда.