"ТӨЛЕККЕ ХАТ - 4"
(соңғы хат: Апатшылық)
Тамшы-тамшы маңлайдан тер сыздырып,
Турған менен бар әлемди қыздырып.
Сөзлериңниң ҳәўирине жетпейди,
Мына Қуяш шығарса да жүз қылық...
Келген кетти, кеткенлерге келмек жоқ,
Ҳешкимге де мәңги өмир берген жоқ.
Дөретпеңе шыннан ашық болған бар,
Айтқаныңды нақыл тутып жүрген көп...
Сапасы жоқ, деген менен көп-дур сан,
Үшеўи бар зорға бирин жоқ қылсаң.
Тиримен деп жүргенлерден Жер басып,
Әй Төлегим өзиң артық боп турсаң...
Алай-дүлей соққан ишки бораннан,
Тоқтатыўын жалбарынып сорандым.
Дегениңниң терисине жүреди,
Қышымалы қылығындай жорамның...
Түрткилеўди тоқтатпады ишимнен,
Тыйылыўға күш қалмады күшимнен.
Мәжбүр қылды саған бир хат жазыўға
Жалғыз Ол деп ишиңдегин түсинген...
Илҳамымның ҳәмирине бойсынып,
Қыяллардың әлемине бой сиңип,
Соңғы мәрте жоллайын бир хатымды.
Шамам жеткен жерге шекем ой сүрип...
Қыйсаң-қыйсаң киятырман тар жолда,
Күтилмеген ҳәдийселер бар жолда...
Усы жолдан жойтқанымды излеймен,
Табылады кетпей турса ҳәр қолда...
Көргенлер жоқ ҳүждан менен ойласып,
Адамлардан ара ашты сыйласық.
О дүньяның жағдайын сен билесең,
Мына дүнья қыянетлер дүньясы...
Ең жаманы өз-өзине исленип,
Ар ҳәлсиреп, бетсизликке күш енип.
Шыдаў қыйын көзиң көрип турған соң,
Жара болар еки мушың тисленип...
Урман-пурман, илингенин олжа қып,
Ана-тилим болып кетти қолжаўлық.
Ақырына көзиң жеткен қусайды,
Өзиң бәрин жазып едиң болжаў қып...
Төлек!.. әбден тырнайын ба жараңды?
Жүректеги ойым меннен жан алды.
Балаларым сөйлемес өз тилинде,
Қарақалпақтың келешеги қараңғы...
Қай нәрсе де өзлигиңе тең келмес,
Урпақларым ҳәзир буны меңгермес,
Бул кеселдиң алдын алып қалмасақ,
Аўырыўды алтын төсек емлемес...
Тамшы-тамшы көзимнен жас сыздырып,
Кеўилимнен есер мудам ызғырық...
Әй Төлегим, Төлегим-әй буларды
Саған жазып отырғаным бир қызық...
Мен шертилмей турған муңлы саздайман,
Қоңыр Гүзбен, гейде жасыл жаздайман...
Поэзияны тәрк етесең десе де,
Енди саған бир де бир хат жазбайман...
✍️Өжет Байназаров
15.05.2022 Ташкент
@bakhadur92ojet
Канал силтемеси👉@qqshayirlar
(соңғы хат: Апатшылық)
Тамшы-тамшы маңлайдан тер сыздырып,
Турған менен бар әлемди қыздырып.
Сөзлериңниң ҳәўирине жетпейди,
Мына Қуяш шығарса да жүз қылық...
Келген кетти, кеткенлерге келмек жоқ,
Ҳешкимге де мәңги өмир берген жоқ.
Дөретпеңе шыннан ашық болған бар,
Айтқаныңды нақыл тутып жүрген көп...
Сапасы жоқ, деген менен көп-дур сан,
Үшеўи бар зорға бирин жоқ қылсаң.
Тиримен деп жүргенлерден Жер басып,
Әй Төлегим өзиң артық боп турсаң...
Алай-дүлей соққан ишки бораннан,
Тоқтатыўын жалбарынып сорандым.
Дегениңниң терисине жүреди,
Қышымалы қылығындай жорамның...
Түрткилеўди тоқтатпады ишимнен,
Тыйылыўға күш қалмады күшимнен.
Мәжбүр қылды саған бир хат жазыўға
Жалғыз Ол деп ишиңдегин түсинген...
Илҳамымның ҳәмирине бойсынып,
Қыяллардың әлемине бой сиңип,
Соңғы мәрте жоллайын бир хатымды.
Шамам жеткен жерге шекем ой сүрип...
Қыйсаң-қыйсаң киятырман тар жолда,
Күтилмеген ҳәдийселер бар жолда...
Усы жолдан жойтқанымды излеймен,
Табылады кетпей турса ҳәр қолда...
Көргенлер жоқ ҳүждан менен ойласып,
Адамлардан ара ашты сыйласық.
О дүньяның жағдайын сен билесең,
Мына дүнья қыянетлер дүньясы...
Ең жаманы өз-өзине исленип,
Ар ҳәлсиреп, бетсизликке күш енип.
Шыдаў қыйын көзиң көрип турған соң,
Жара болар еки мушың тисленип...
Урман-пурман, илингенин олжа қып,
Ана-тилим болып кетти қолжаўлық.
Ақырына көзиң жеткен қусайды,
Өзиң бәрин жазып едиң болжаў қып...
Төлек!.. әбден тырнайын ба жараңды?
Жүректеги ойым меннен жан алды.
Балаларым сөйлемес өз тилинде,
Қарақалпақтың келешеги қараңғы...
Қай нәрсе де өзлигиңе тең келмес,
Урпақларым ҳәзир буны меңгермес,
Бул кеселдиң алдын алып қалмасақ,
Аўырыўды алтын төсек емлемес...
Тамшы-тамшы көзимнен жас сыздырып,
Кеўилимнен есер мудам ызғырық...
Әй Төлегим, Төлегим-әй буларды
Саған жазып отырғаным бир қызық...
Мен шертилмей турған муңлы саздайман,
Қоңыр Гүзбен, гейде жасыл жаздайман...
Поэзияны тәрк етесең десе де,
Енди саған бир де бир хат жазбайман...
✍️Өжет Байназаров
15.05.2022 Ташкент
@bakhadur92ojet
Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Сиз қандай доссыз?
Дослық-төрт түрли болады
Данышпаннан "Дослықтың қанша түри бар?"-деп соралды.
Данышпан жуýап берди:
-Төрт түри бар!
Бириншиси аýқатқа уқсайды-ол саған ҳәр күни керек.
Екиншиси дәриге уқсайды-зәрүр ýақытта оларды излейсең.
Үшиншиси кеселикке уқсайды-олар сени излейди.
Төртиншиси ҳаýаға уқсайды-олар көринбейди, бирақ барқулла қасыңда болады.
Сиз қандай доссыз?
Пикирлериңиз болса👉https://www.tg-me.com/qqshayirlar_chat қа
жазып қалдырсаңыз болады.

Адамның аýзындағы сөзи өзгерсе,
Қалта толып, қарнының тоқлығынан.
Өзин, өзгелерден үстин көрсе,
Әдеп кетип, тәрбияның жоқлығынан.
✍Ермек улы Саян ақын.
Aýдарма ислеген: Азамат Нуратдинов
Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Қалта толып, қарнының тоқлығынан.
Өзин, өзгелерден үстин көрсе,
Әдеп кетип, тәрбияның жоқлығынан.
✍Ермек улы Саян ақын.
Aýдарма ислеген: Азамат Нуратдинов
Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Ассалаýма алейкум.
Өтип атырған ýақтыңызды, жақсылықларға сарп етиң!
Налымаң, ýақыт бул имтиҳан.
Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Өтип атырған ýақтыңызды, жақсылықларға сарп етиң!
Налымаң, ýақыт бул имтиҳан.
Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Бир иллет бар "пара" деген,
Береди екен,-алады екен,
Ҳарам қоллар қалтырамай,
Қалтасына салады екен.
Қабат-қабат жайлар салып,
Балларына машын алып,
Заң-закон пияда қалып,
Бәндиргиде турады екен.
✍Ибрайым Юсупов
Кимге жибериýди өзлериңиз билесиз.
Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Береди екен,-алады екен,
Ҳарам қоллар қалтырамай,
Қалтасына салады екен.
Қабат-қабат жайлар салып,
Балларына машын алып,
Заң-закон пияда қалып,
Бәндиргиде турады екен.
✍Ибрайым Юсупов
Кимге жибериýди өзлериңиз билесиз.
Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Dàwir bizge awır jùgin artadı,
Adam jùklep, adam onı tartadı
Òmir degen azap pa dep oylasaq,
Bir jaģında quwanıshı bar taģı.
Dàwir bizge quwanıshtı artadı,
Birew kùlip birew qosıq aytadı,
Òmir degen hàzlik pe dep oylasaq,
Bir jaģında mashqalası bar taģı!
T. Màtmuratov
Kanal siltemesi👉@qqshayirlar
Adam jùklep, adam onı tartadı
Òmir degen azap pa dep oylasaq,
Bir jaģında quwanıshı bar taģı.
Dàwir bizge quwanıshtı artadı,
Birew kùlip birew qosıq aytadı,
Òmir degen hàzlik pe dep oylasaq,
Bir jaģında mashqalası bar taģı!
T. Màtmuratov
Kanal siltemesi👉@qqshayirlar
Turmıs-sonday qosıqshı, adamlardı qàlegen namasına oynatadı.
Bul sòzlerdi jazıwıma sebep: 2014-j NMPI di pitkergennen keyin, jumısqa kire almay, shet elge awır jumıs islep ketken waqıtlarımda jazıldı.
☝️Jumısqa kiriw ushın ya tanısıñ,
ya aqshañ bolıw kerek!
Azamat Nuratdinov
Kanal siltemesi👉@qqshayirlar
Bul sòzlerdi jazıwıma sebep: 2014-j NMPI di pitkergennen keyin, jumısqa kire almay, shet elge awır jumıs islep ketken waqıtlarımda jazıldı.
☝️Jumısqa kiriw ushın ya tanısıñ,
ya aqshañ bolıw kerek!
Azamat Nuratdinov
Kanal siltemesi👉@qqshayirlar
Адалат өлген күни, мәмлекeтте өледи.
Фатих Султан Мехмет Хон
Аýдарма: Азамат Нуратдинов
Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Фатих Султан Мехмет Хон
Аýдарма: Азамат Нуратдинов
Канал силтемеси👉@qqshayirlar
❗️Qaraqalpaqsha jıl, ay, hápte kúnleriniń atların bilip alıń.
Jıl atları:
1. Tıshqan
2. Sıyır
3. Barıs
4. Qoyan
5. Ulıw
6. Jılan
7. Jılqı
8. Qoy
9. Meshin
10. Tawıq
11. Iyt
12. Qara kiyik
Ay atları:
1. Yanvar - Dáliw
2. Fevral - Hút
3. Mart - Hamal
4. Aprel - Sáwir
5. May - Jawza
6. Iyun - Saratan
7. Iyul - Háset
8. Avgust - Súmbile
9. Sentyabr - Miyzan
10. Oktyabr - Aqırap
11. Noyabr - Qawıs
12. Dekabr - Jeddi
Hápte kúnleri:
1. Dúyshembi
2. Shiyshembi
3. Sárshembi
4. Piyshembi
5. Juma
6. Shembi
7. Ekshembi
Kanal siltemesi👉@qqshayirlar
Jıl atları:
1. Tıshqan
2. Sıyır
3. Barıs
4. Qoyan
5. Ulıw
6. Jılan
7. Jılqı
8. Qoy
9. Meshin
10. Tawıq
11. Iyt
12. Qara kiyik
Ay atları:
1. Yanvar - Dáliw
2. Fevral - Hút
3. Mart - Hamal
4. Aprel - Sáwir
5. May - Jawza
6. Iyun - Saratan
7. Iyul - Háset
8. Avgust - Súmbile
9. Sentyabr - Miyzan
10. Oktyabr - Aqırap
11. Noyabr - Qawıs
12. Dekabr - Jeddi
Hápte kúnleri:
1. Dúyshembi
2. Shiyshembi
3. Sárshembi
4. Piyshembi
5. Juma
6. Shembi
7. Ekshembi
Kanal siltemesi👉@qqshayirlar
Ассалау́ма алейкум!
1-декабрь Қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил болып қабылланғанына 35жыл толыу мүнәсебети менен шын жүректен қутлықлаймыз🤝
Хурмет пенен @qqshayirlar каналы администрациясы.
Байланыс👉@qqshayirbot
Канал силтемеси👉@qqshayirlar
1-декабрь Қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил болып қабылланғанына 35жыл толыу мүнәсебети менен шын жүректен қутлықлаймыз🤝
Хурмет пенен @qqshayirlar каналы администрациясы.
Байланыс👉@qqshayirbot
Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Егер кимдидур жақсы көрип калғыңыз келсе — сол адамға көбирек жақсылық етиң.
✍Бенжамин Франклин
Байланыс👉@qqshayirbot
Канал силтемеси 👉@qqshayirlar
✍Бенжамин Франклин
Байланыс👉@qqshayirbot
Канал силтемеси 👉@qqshayirlar
Forwarded from QARAQALPAQ SHAYÍRLARÍ TELEGRAM KANALÍ
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Ассалаўма әлейкум🤝
Бýгин 8-декабрь Қарақалпақтың даңқлы перзенти Аллаяр Досназаров наҳақтан айыпланып, атылған кун!
Жатқан жериң жарық болсын, Аллаяр баба...
☝️1924-жылы Аллаяр Досназаров "Миллий шегаралау" бойынша мажлисте.
Халық душпан деп ҳасылын жойды,
Ийге тартарының көзлерин ойды,
Елим деген ерин еллер умытпай,
Халқың ҳурметиңди орнына қойды,
"Стан" алып берген Аллаяр аға.
✍ Г.Даулетова

"KONSTİTUCİYA-BAS NIZAMIM"
Hárbir sóziń nızam altın,
Bunı jazģan meniń xalqım,
Bári ádillikke tolı,
Júregime sonday jaqın.
✍X.Saparov.
Kanal siltemesi👉@qqshayirlar
Hárbir sóziń nızam altın,
Bunı jazģan meniń xalqım,
Bári ádillikke tolı,
Júregime sonday jaqın.
✍X.Saparov.
Kanal siltemesi👉@qqshayirlar
Дийқан баба напеси бар жеринде,
Жуýcаң аңқып кийик қашар шөлинде.
Ибрайым Юсупов✍
Елимизде декабрь айының екинши екшембиси аўыл хожалығы хызметкерлери кýни.
Елимиздиң қырманын бәлент болыўында ҳәм халқымыз дастурханының молшылығын тәмийинлеўде тараў қәнигелериниң хызметлери жоқары. Сәне мүнәсибети менен аўыл хожалығы саласында пидайылық пенен мийнет етип киятырған хызметкерлерди кәсиплик байрамы менен @qqshayirlar телеграм каналы атынан қутлықлаймыз.

📲📲Телефон 📲📱
Бүгин ҳәййиў айтпай қойған келинлер,
Ҳәййиў түўе сөйлеўге де еринер.
Баласы жыласа телефон берер,
Жубатар ана да болды телефон.
Адамлар китаптан узақлап қалған,
Ертеңимиз қалай болады буннан?!
Не күтиўге болар ерксиз қулдан,
Басымызға бәле болды телефон.
Дүньяға келгенниң өзи бир бахтың,
Бәримиз қулымыз яратқан Ҳақтың.
Бийҳуўда кетпесин бийбаҳа ўақтың,
Биз емес,қул болсын бизге телефон!
Юсуп Оразымбетов✍
Байланыс👉@qqshayirbot
Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Бүгин ҳәййиў айтпай қойған келинлер,
Ҳәййиў түўе сөйлеўге де еринер.
Баласы жыласа телефон берер,
Жубатар ана да болды телефон.
Адамлар китаптан узақлап қалған,
Ертеңимиз қалай болады буннан?!
Не күтиўге болар ерксиз қулдан,
Басымызға бәле болды телефон.
Дүньяға келгенниң өзи бир бахтың,
Бәримиз қулымыз яратқан Ҳақтың.
Бийҳуўда кетпесин бийбаҳа ўақтың,
Биз емес,қул болсын бизге телефон!
Юсуп Оразымбетов✍
Байланыс👉@qqshayirbot
Канал силтемеси👉@qqshayirlar
Тилшиниң жаңа жыл тилеги.
Шаңарақларыңызда өмирлик жолдасларыңыз жол басшы болып баслаўыш болсын, жақпас нәрселердиң бәри гөне жылда қалып, ноқат қойылып баянлаўыш болсын. Өмирдиң даўамшылары болған ул-қызларыңыз шаңарағыңызды толықтырып толықлаўыш болсын. Олардың ҳәр бириниң ис-ҳәрекетлерин, орнын белгилеп, пысықлап отыратуғын пысықлаўыш болың. Дос-яран, қатар-қурбыларыңыз сизлердиң ағла пазыйлетлериңизди анықлап анықлаўыш болсын.
Табысларыңыздың изи даўамлы болып, ҳеш қашан ноқат қойылмасын. Жақсы күнлерде, байрамларда бир-биримизге айтатуғын гәплеримиз, тилеклеримиз үндеў гәп болсын!!!
Тилши муғаллимлерге жиберемиз.

✨。 🌟
。 🎄 。。
✨ 🎄🎄。 。 ✨
✨ 🎄🔴🎄 ✨。
。 🎄🔴🎀🎄 。✨
。 🎄🎀🎄🔴 🎄。。
✨ 🎄🎄🎀🎄。
。。🎄🎄🔴🎄🎄。 ✨
🎄🎄🎀🎄🔴🎄
🎄🔴🎄🎄🎀🎄🎄
✨🎄 🌲🌲 🌲🌲 🎄✨
🎄🎄 🌲🌲🌲🌲🌲
🎄🎄🔴🎄🎄🎀🎄
🎄🔴🎄🎀🔴🎄🎄🎄
Байрамлар баса бас болады. Байрамларда бақсылар болады, бақсылардың биразларына буйрытпалар болады, биразларына болмайды. Бәрине бола бермейдиго, буйырғанына болады, бирақ бәри бир бақсыларсыз байрам байрамдай болмайды. Бақсылардан биз билемиз бабамыз Бердақ бақсы, Бийбигүл бақсы бар. Бердақ бақсыны бәриңиз бурыннан билесизлер, бирақ Бийбигүл бақсыны бирде биреӯиңиз билмейсиз. Бул Бийбигүл бақсы бул Бозатаӯдағы бизиң балдыз. Билесизлер балдыз балдай болады. Бизиң Бийбигул балдыздың бир байы бес баласы бар. Булардың бағы бар, бир басбақ, бузаӯ, буғалары бар, бағында бүл-бүллериде бар, Бийбигүлдин байы Базарбай. Базарбай бул бизиң балдыздың байы болғансоң, Базарбай бизге бажа боладығо, Базарбай бажа базарда бизнесмен. Бизнесмен болғансоңба былтыр Бийбигүлге брилянт билезик берди. Бизнесмен болғансоң бередиғо, билесизлер бизнесменлер бай боладығо, бизнесмен болса болсын банкрот болмаса болдығо, банкрот болса бес баланы бағалмайды, Бийбигүл болса бақсы бирақ бурын Бийбигүл Бозатаӯда больницалардың биринде бас бухгалтер болған, Бийбигүл былайынша банкиде басып биледи, былтыр банкилердиң бәрине баклажан баса берген, бизлер барсақ болды бизлерге баклажан бере береди, баклажаннан бийзар болдым, балдыздикине бармайтуғын болдым. Булардың бес баласы бар! билесизлер бес баланы баққан бейишке барады, бириншиси Боранбай. Боранбай бул балықшы бала, балыққа барады, балыққа барса бәрҳа батпаққа батады, ботинкасы, балақлары, билеклери батпақ-батпақ болады. Ботинкасының баӯы байланбайды, балықшы болса болсын бийталап болмаса болдығо, буннан басқа баласы Баӯыржан бар. Баӯыржан бул боксшы бала, батыр бала, Боксшы болғандада бириншиликлерге барған. Бухараға барып биринши болған, Белгияга барып бесинши болған, буның бес бронзасы бар, бирталай белбаӯлары бар, болмаса бармайдығо бокске, бәле барма боксте. Буннан басқа баллары бар Байжан, Бегжан бул баллар бокске бийпәрӯа баллар, бокске бийпәрӯа болсада булар билимли балалар, билимли болғанда биреӯи биологиядан биледи, биреӯи ботаникадан биледи, билгендеде беске биледи, булардың баҳалары бес, билимли балалардың баҳалары бәрҳама бес боладығо, бесиншиси Бийбиназ. Бийбиназ бул бақшаға барады, балалар бақшасына, бақшаға барсада бәле бәрин биледи, бөлиӯди биледи, бөлшекти биледи, болмаса бөлиӯ, бөлшек бәри бирдейғо, беске бести бөлсек бир боладығо, бирге бирди бөлсек булда бир болады, булардың бәрин Бийбиназ биледи, болмаса бөлиӯди биразларыңыз биле бермейсиз. Бийбиназ бақшаға барса бәрҳа басына бантик байлап барады, басына бантик байлап барса басында бийт болмайды, болмаса басында бийт болса бақшадағылар бақырадығо. Бул баллар бесеӯиде бәле баллар, билмеймен бир бирине баӯырман, басқалардың балларындай банзыға, билярдқа, болар болмас бәзимлерге бара бермейди, болатуғын балларда, билесизлер болатуғын баллар бастан белгилиғо, билемен бәриңиздиң балларыңыз бар, бойдақлардан басқа, бойдақлардыңам басында бар, бойдақлар бара бара бийзар боласызлар, бойдақлықтан бийзар боласызлар, балалы босаңыз баладан бийзар боласыз, буны балалы болғанлар биледи, бизде билемиз, бизики былтыр босанған, бир бөпемиз бар баӯы берик болсын, бөпе болғансоң бесикке бөлеймиз, бизики бирақ биреӯ, биз бийшараға биреӯи болады, бесеӯ болса бәрин бағалмайманғо. Бәримиздиң балларымыз Беруний бабамыздай, Бердақ бабамыздай белгили болсын, билимли болсын, балларымыз бизлерденде бахытлырақ болсын. Быйыл бийғәрез бостанымыздың бийбаҳа байлықларының бири болған бийдайымыз берекетли бола берсин, билемен бийпул болмайдығо. Бирақ, берекетли бола берсин.
☝️Байрамда досларымызға жиберемиз.
Қурбанов Саламат✍