Telegram Web Link
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#таңғы_тилек

🌺 Ийгиликли әмеллер қылыў ушын имканият берип, таңда оятқан Аллаҳ таалаға шүкирлер болсын!

🌺 Аллаҳ таала бул муқаддес айда қылып атырған ибадатларыңызды қабыл етсин!

🌺 Жаңа күннен үмит еткен мақсетлериңизге жетиўиңизде Аллаҳ таала жәрдемшиңиз болсын!

🌺 Күниңиз — жақсылық пенен басланып, үйлериңизге тынышлық ҳәм береке алып келсин!

🌺 Шаңарағыңызды бахыт, әўмет ҳеш қашан тәрк етпесин!

🤲 Бүгинги күниңиз нийет еткениңизден де абзал ҳәм пайызлы өтсин!


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
​​​​#мәўлид

Рoбиъул әўўәл айын қалай өткериўимиз керек?

Бүгин, 2024-жыл сентябрь айының 4-сәнесинде ҳижрий календарының ең әҳмийетли айларынан бири – Робиъул әўўәл айы басланады. Ислам тарийхында бул ай ең әҳмийетли ўақыя – мәўлид, яғный сүйикли Пайғамбарымыз Муҳаммад Мустафа саллаллаҳу алайҳи ўа салламның туўылған күни бар екени себебинен де әҳмийетли. Робиъул әўўәл – Аллаҳ тааланың инсаниятқа ислам динин кәмил көринисте нәзил еткен соңғы Пайғамбары Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламды жиберген муқаддес ай. Нәбийимиз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам 571-жылдың Робиъул әўўәл айы, он бириншисинен он екиншисине өтер түнде, басқа мағлыўматларға қарағанда он екинши күни, дүйшемби таңында дүньяға келген. Буннан басқа да, бул муқаддес айда бир қатар итибарлы ўақыялар болған, солардан Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламның қызы Руқайя туўылған, биринши мешиттиң қурылысы ҳәм ондағы биринши жума намазының оқылыўы киби ҳәдийселер де усы айда болған. Булардың арасында әлбетте, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның туўылған күни дүньяның түрли тәреплеринде бәрше мусылманлар тәрепинен белгиленбекте.
Бул байрамды белгиленгенде биз ушын әҳмийетлиси – бул күн Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламды, оның өмир жолын, тәлиматларын еске алыў ҳәм оннан өрнек алыў болады. Қалаберди, бул күн өз өмиримиз ҳаққында, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға үмметликти дурыс қылып атырман ба, деп ойлаў, ҳәр бир мусылман өзи ҳаққында ойлап көриў мәўрити.
Робиъул әўўәл – дүнья тәшўишлеринен шетке шығып, мәңги өмир ҳаққында пикир жүритиў, жәҳилият ҳүким сүрген ўақытлары әлемди жарықлыққа алып шыққан Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламды жибергени ушын Жаратқанға шексиз ҳамдлар айтыў пурсаты.
Бул ай – және бир мәрте сүйикли Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның мүбәрек дәўири – саадат әсирин еслеў ўақты.
Аллаҳ таала: (Ҳәй ийман келтиргенлер) Ҳақыйқатында да, сизлер ушын, Аллаҳтан ҳәм ақырет күнинен үмит қылғанлар ушын ҳәм Аллаҳты көп зикир қылғанлар ушын Аллаҳтың пайғамбарында жақсы өрнек бар.”, деген.
Демек, бул ай – және де көбирек зикир етиў ҳәм Аллаҳға ибадат қылыў мәўрити.
Көп ғана ийманлы адамларда “Бул айды қалай өткериў керек?” деген сораў жүзеге келиўи мүмкин. Қандай ҳәм қайсы жыл, ай, ҳәпте, күн болса да, мөмин адам өз ибадатларын, парызлары қатары нәпил ибадатларын да орынлаўында, қадаған етилген нәрселерди тәрк етиўинде, қайырлы ҳәм пайдалы ислерде даўамлы болыўда ҳәрекет етиўи лазым. Итибар берилсе, Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам туўылған бул айда – Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат айтыў, Аллаҳты зикир етиўди көбейтиў тийис.
Дереклер тийкарында робиъул әўўәл айын өткериў бойынша бир қатар усыныслар бериў мүмкин. Бул айда өзиңиз ушын әҳмийетли бир неше мақсетлерди алдыға қойың:
- Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның сийратын үйрениўди өзиңизге мақсет етиң, бул әжр-саўапларға еристиреди.
- Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ҳәдислерин үйрениң.
- Салаўат айтыўды көбейтиң.
- Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның сүннетлери өмириңиздиң ҳәр бир ләҳзесин қамтып алсын.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

https://www.tg-me.com/paziyletuz
#ҳикмет

   Ҳәр күниңди Нәбий алайҳиссаламға "саллаллаҳу алайҳи ўа саллам" деп салаўат айтыў, Рәббиңе шүкир етип, ҳамд айтыў, күле шырай қылған, разы болған ҳәм зикир қылған ҳалда Аллаҳтың кеңшилигин тән алыў менен басласаң қандай жақсы!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
"Мәўлид айы" деп қайсы айға айтылады?
Anonymous Quiz
9%
Рамазан айына
68%
Робиъул әўўәл айына
23%
Ражаб айына
#ПАЙҒАМБАРЫМЫЗ_БЕНЕН_ТАНЫСЫҢ

ПАЙҒАМБАРЫМЫЗДЫҢ ТУЎЫЛЫЎЫ

Муҳаммад та тек бир Пайғамбар. Оннан алдын да Пайғамбарлар өткен (Әли Имрон сүреси, 144-аят).

👉 Нәбийимиз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа саллам миләдий 571-жылы 20-апрель, Пил жылының 12-Робиъул әўўәл дүйшемби күни туўылған.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
БИР ҲАДИС ШАРҲИ

Ўзбекистон мусулмонлари идораси раиси ўринбосари устоз Зайниддин домла

🌐Facebook 🌐Instagram
😎YouTube 🌐 TikTok
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис #дуўа

Түнде оқылатуғын дуўа

Әбиў Саъийд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Ким өз төсегине жатқанында, үш мәрте «Астәғфируллооҳәл Азийм. Ләә иләәҳә илләә ҳуўәл ҳайюл қойюўм ўә әтуўбу иләйҳи» десе, Аллаҳ оның гүналарын мағфират қылады. Олар теңиздиң көбигиндей болса да. Олар теректиң жапырағы санындай болса да. Олар төбешиктиң қумы санындай болса да. Олар дүнья күнлериниң санындай болса да», – деди».

Термизий рәўият қылған.

Шолыў: Бул рәўиятта зикир етилген дуўаның мәниси төмендегише: «Жоқары ҳәм Уллы болған Аллаҳтан мағфират сорайман. Оннан өзге илаҳ жоқ. Ол – тири ҳәм даўамлы қайым».
Усы дуўаны ядлап алып, жатыўдан алдын оқып жатсақ, гүналарымыздың кеширилиўине ерисемиз, иншааллаҳ.

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ӘЗИЗЛЕР!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#намаз_ўақытлары

😑 Нөкис ўақты менен 5-сентябрь күнги намаз ўақытлары

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ассаламу алайкум!

Бүгин ҳәптениң Пийшемби күни



  Пийшемби күниңиз қайырлы болсын!

     5-Сентябрь                             2024
     2-Робиъул әўўәл                   1446



🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱

    Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып  өтиўин сизге несип етсин!
   

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Билесиз бе...

🗣Ең жақсы, ең шырайлы ырысқы мал-мүлик емес. Ал...

🌹 Қәтержам қәлб,
🌹 Рәўшан ақыл,
🌹 Дене саламатлығы,
🌹 Кеўил пәклиги,
🌹 Саламат пикир,
🌹 Ананың дуўасы,
🌹 Әкениң меҳири,
🌹 Аға-ининиң барлығы,
🌹 Перзентлер күлгиси,
🌹 Дослар итибары,
🌹 Аллаҳ ушын жақсы көрип дуўа қылыўшы инсанларымыз барлығы.

😌 АЛЛАҲ ТААЛА БУЛ НЕЪМАТЛАРҒА БӘРШЕМИЗДИ МИЯСАР ЕТСИН!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#мәўлид_айы

Робиъул әўўәл айында орынланатуғын 10 әмел

1. Ҳәр күни Қуран оқың ҳәм еситиң.
2. Пайғамбарымыз Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламның өмир жолларын көбирек оқып, үйрениң.
3. Аллаҳ тааланың Расулына бойсының.
4. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға және де көбирек салаўат айтың.
5. Жақсылыққа шақырың ҳәм жаманлықтан қайтарың.
6. Жақынларыңыз ҳәм досларыңызды зыярат етиң.
7. Сақый болың.
8. Нәпил оразалар тутың.
9. Көп дуўа қылың.
10. Аллаҳға ҳәм Оның Расулына жақынырақ болыўға умтылың.

🌿 Аллооҳумма солли ъаләә сәййидинәә Муҳаммад!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Muslim.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
🇺🇿 «ИМОМ БУХОРИЙ» ОРДЕНИ ЮКСАК ШАРАФ БЎЛИШИ БИЛАН БИРГА МАСЪУЛИЯТ ҲАМ ЮКЛАДИ

🎙 Жобир домла Элов,
Бухоро вилояти бош имом-хатиби, Мир Араб Олий мадрасаси ректори Жобир домла Элов,
«Имом Бухорий» ордени соҳиби


Ўзбекистон мусулмонлари идораси
Матбуот хизмати

🌐 MUSLIM.UZ GA 📲 OBUNA BO'LING VA ULASHING🗣

▶️ YouTube | 📷Instagram | 🔵 Facebook
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Умра зыяраты тәртиби түсиндирилди

Бүгин Нѳкис «Имам ийшан Муҳаммад» жаме мешити мәжилислер залында усы жылы сентябрь айында Умра зыяратына барыўшы пуқаралар менен ушырасыў болып ѳтти. Онда Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов, Ҳаж ҳәм Умра мәселелери бойынша қәниге М.Аббазов ҳәм зыяратқа барыўшыларға басшылық етиўши Беруний районы «Шайх Аббаз валий» жаме мешити имам-найыбы Р.Хайтбайевлар қатнасты.
Ушырасыўда қазы Б.Разов соңғы жылларда елимизде бир қанша өзгерислер, раўажланыўлар, алға илгерилеўлердиң жүз берип атырғанлығы, солар қатары динимиз, бай тарийхымыз, үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримиздиң қайта тикленгенлиги, ғәрезсизлик дәўири Ўатанымыз ушын ҳақыйқаттанда руўхый тиклениў ҳәм илгерилеў дәўири болғанлығы ҳаққында айтты.

📞 Умра зыяраты бойынша мүрәжат ушын телефон:
+998-97-349-04-57.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#мәўлид_айы

Сийратты үйрениўдиң тоғыз пайдасы

🌙 Расулуллаҳ алайҳиссалам ҳаққындағы сийрат китапларын оқыўға кирискен ҳәр бир инсан алдын ала сийраттың қәдирин ҳәм көп пайдалары бар екенин билиўи керек. Ҳәзир биз сизлердиң итибарыңызға олардан әҳмийетлилерин келтиремиз:

1. Қуранды түсиниўге жәрдем береди.
2. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның сүннетлерин түсиниўде жәрдем береди.
3. Ислам ақыйдасын түсиниўде жәрдем береди.
4. Сийрат Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламға ериўди үйретеди.
5. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға қарата муҳаббат пайда етеди.
6. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның саҳабалары ҳәм шаңарағына болған муҳаббатты пайда етеди.
7. Сийрат шәрий ҳүкимлерге алып барыўшы жол.
8. Сийрат мусылман, оның шаңарағы, үйи ҳәм жәмийетиниң мәдениятын үйретеди.
9. Сийрат бул руўхый бир саяхат болып табылады.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#намаз_ўақытлары

😑 Нөкис ўақты менен 6-сентябрь күнги намаз ўақытлары

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
2024/10/03 02:42:24
Back to Top
HTML Embed Code: