Telegram Web Link
«Янги Ўзбекистон фидойиси тарғиботчи ҳожилар учун қўлланма» китабының кѳргизбеси ѳткерилди

Бүгин, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты мәжилислер залында республикамыздағы ҳажылардың жас ҳәм кәсиплик шеберлигин инабатқа алған ҳалда, халық арасында руўхый-ағартыўшылық жумысларын үгит-нәсиятлаўшы ҳажылар қатнасында «Янги Ўзбекистон фидойиси тарғиботчи ҳожилар учун қўлланма» китабының кѳргизбеси ѳткерилди.
Кѳргизбеде Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов, Дин ислери бойынша комитеттиң аймақлық бѳлими қәнигеси Н.Жамалов, филология илимлериниң профессоры Қ.Мамбетов ҳәм сиясий пәнлер докторы А.Байриевалар қатнасып, китап ҳаққында кең түсиниклер берди.
Қолланба үгит-нәсиятшы ҳажыларымыздың жас ҳәм кәсиплик шеберлигинен келип шығып, халық арасында жумыссызлықты азайтыў, жынаятшылықтың алдын алыў, жат идеяларға қарсы гүресиў ҳәм шаңарақлық ажырымлардың алдын алыў бойынша социаллық-пайдалы саўаплы ислерге бағдарлаў мақсетинен келип шығып жазылған.
Халық арасында ѳз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў, оларды елимиздеги реформалардан хабардар етиў, айрықша шүкиршилик етиў сезимин асырыўға қаратылған текстлер ҳәм үгит-нәсиятшы ҳажылар ушын мәҳәлле, билим бериў мекемелери, жәмийетлик орынларда руўхый-ағартыўшылық жумысларды шѳлкемлестириў бойынша илимий усыныслар жәмленген.
Кѳргизбеден соң ҳажыларға «Янги Ўзбекистон фидойиси тарғиботчи ҳожилар учун қўлланма» китабы тарқатылды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#күн_аяты

Қураны кәриймниң бир қанша аятларында ағайин-туўысқаншылық байланысларын беккемлеўдиң пазыйлети ҳәм оны үзиўдиң жаманлығы ҳаққында сөз жүритилген.

Атап айтқанда, төмендеги аятта ағайин-туўысқаншылықты байлайтуғын адамлар мақталады:

🌙 "Олар Аллаҳ байланыўға буйырған нәрселерди (силаи раҳмды – ағайин-туўысқаншылықты) байлайды. Олар Рәббисинен қорқады ҳәм (ақыретте) жаман есап-санақтан да қәўипсинеди". (Раъд сүреси, 21-аят).

🔹 Ҳәдисте: "Силаи раҳм қылмаған, яғный ағайинлеринен қатнасты үзген адам жәннетке кирмейди. Силаи раҳм турақлы барыс-келис емес, ал узақласып кеткен ағайинниң ҳалынан хабар алыў болып табылады".

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Байрам мүнәсибети менен жәрдемге мүтәж пуқараларға материаллық жәрдемлер берилди

Әлбетте, бир мусылманның басына түскен сынаўлы күнлерде жәрдем қолын созыў Муҳаммад алайҳиссаламның сүннетлеринен. Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдиси шәрийфте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Ким бир мѳминнен бул дүнья машақатларынан бирин жеңиллетсе, Аллаҳ таала Қыямет күни оның машақатларынан бирин жеңиллетеди. Ким бир кәмбағалдың исин жеңиллетсе, Аллаҳ оның бул дүнья ҳәм ақырет ислерин жеңиллетеди», деп баян еткен.
Көпшилик инсанлар саўаплы истиң басында. Қыйын-қыстаўлы дәўирде халқымыз бир-бирине инсаныйлық жәрдем қолларын созып, ѳткинши қыйыншылықларды бирге жеңип өтпекте.
Диний тараў ўәкиллери халқымыз ушын жаңа оқыў жылында жәрдемге мүтәж шаңарақ перзентлери ушын мектеп формасы, оқыў қураллары алып бермекте. Базы сақый инсанларымыз таза ишимлик суўға мүтәж аймақларға таза ишимлик суўын шығарып бермекте. Қулласы халқымыздың бундай сақаўатлық ислерин кѳплеп айта бериўге болады.
Бүгин, Ѳзбекстан Республикасы Ғәрезсизлиги байрамы мүнәсибети менен Нѳкис қаласындағы орайлық «Имам ийшан Муҳаммад» жаме мешити тәрепинен пайтахтымыздағы еситиў ҳәм сѳйлеў қәбилетинде нуқсаны болған 30 пуқараларға азық аўқат ѳнимлери ҳәм олардың перзентлери ушын оқыў қураллары берилди. Онда Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов ҳәм «Имам ийшан Муҳаммад» жаме мешити ўәкиллери қатнасты.
Сондай-ақ, жаңа оқыў жылының басланыўы мүнәсибети менен Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы басшылығында «Вақф» қайырқомлық фонды менен биргеликте пайтахтымыздағы «Қум аўыл» мәҳәллелерде жасаўшы 2 шаңарақтың перзенлери ушын мектеп формалары, оқыў қураллары, бақша жасындағы балаларына ойыншықлар берилди ҳәм оларды Ѳзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 33 жыллық байрамы менен қутлықлады.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#намаз_ўақытлары

😑 Нөкис ўақты менен 1-сентябрь күнги намаз ўақытлары

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ассаламу алайкум!

Бүгин ҳәптениң Екшемби күни



  Екшемби күниңиз қайырлы болсын!

     1-Сентябрь                             2024
     28-Сапар                      1446



🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱

    Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып  өтиўин сизге несип етсин!
   

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#таңғы_тилек

🌺 Ийгиликли әмеллер қылыў ушын имканият берип, таңда оятқан Аллаҳ таалаға шүкирлер болсын!

🌺 Аллаҳ таала бул муқаддес айда қылып атырған ибадатларыңызды қабыл етсин!

🌺 Жаңа күннен үмит еткен мақсетлериңизге жетиўиңизде Аллаҳ таала жәрдемшиңиз болсын!

🌺 Күниңиз — жақсылық пенен басланып, үйлериңизге тынышлық ҳәм берекет алып келсин!

🌺 Шаңарағыңызды бахыт, әўмет ҳеш қашан тәрк етпесин!

🤲  Бүгинги күниңиз нийет еткениңизден де абзал ҳәм пайызлы өтсин!


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис #салаўат

     Әбиў Дарда разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
      "Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Ким маған таң атқанда он ҳәм кеште он салаўат айтса, Қыямет күни шәпәәтиме ериседи", деди".

  📖 Имам Табараний рәўияты.

      Аллооҳуммә солли аләә сәййидинәә Муҳаммад.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
ҲӘДИСИ ШӘРИЙФЛЕРДЕ ҚАРЫЙЛЫҚ ПАЗЫЙЛЕТЛЕРИ

1. «Сизлердиң жақсыларыңыз Қураны кәриймди үйренип, үйретиўшилериңиз есапланады» (Имам Бухарий рәўияты).

2. «Қуранды шеберлик пенен оқыўшы қарыйлар уллы периштелер менен бирге болады. Тили қыйналып оқыйтуғын қарыйларға еки есе саўап бериледи». (Бухарий ҳәм Муслим рәўиятлары).

3. «Қуран оқың! Себеби, Қуран өзиниң қарыйларын қыямет күни шәпәәт қылады» (Имам Муслим рәўияты).

4. «Ким Аллаҳтың кәламынан бир ҳәрип оқыса, оған бир саўап. Ал, саўап он есе көбейтип жазылады. «Әлиф, ләәм, мийм» ди бир ҳәрип демеймен, ал, Әлиф – ҳәрип, Ләәм – ҳәрип, Мийм – ҳәрип» (Имам Термизий рәўияты).

5. «Ҳәр ким Қуранды оқып, оған әмел қылса, Аллаҳ таала қыямет күни оның ата-анасының басына бул дүнья Қуяшынан да шырайлы нур бериўши тажды кийдиреди» (Әбиў Даўыт рәўияты).

6. «Қуран оқың! Себеби, Қуран жайласқан кеўилди Аллаҳ азапламайды. Бул Қуран Аллаҳтың зыяпаты есапланады. Ҳәр ким оның мийманы болса, ол аманда болады. Ким Қуранды сүйсе, оған хошхабар бар» (Имам Даримий рәўияты).

7. «Шашы исламда ағарған жасы уллы, Қуранды ядлап, онда терең кетип адасыўға дуўшар болмаған қарый ҳәм әдил патшаларды иззет-икрам етиў – Аллаҳты уллылаўдың түрлеринен» (Әбиў Даўыт рәўияты).

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қайсы сүре "Шәрият" сүреси деп аталады?
Anonymous Quiz
39%
Фатиҳа сүреси
30%
Бақара сүреси
31%
Жасия сүреси
2024/10/03 06:21:11
Back to Top
HTML Embed Code: