Telegram Web Link
Ассаламу алайкум!

Бүгин ҳәптениң Сәршемби күни



  Сәршемби күниңиз қайырлы болсын!

     20-ноябрь                            2024
     18-Жумадул әўўәл               1446



🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱

    Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып  өтиўин сизге несип етсин!
   

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#таңғы_тилек

🌺 Ийгиликли әмеллер қылыў ушын имканият берип, таңда оятқан Аллаҳ таалаға шүкирлер болсын!

🌺 Аллаҳ таала бул муқаддес айда қылып атырған ибадатларыңызды қабыл етсин!

🌺 Жаңа күннен үмит еткен мақсетлериңизге жетиўиңизде Аллаҳ таала жәрдемшиңиз болсын!

🌺 Күниңиз — жақсылық пенен басланып, үйлериңизге тынышлық ҳәм береке алып келсин!

🌺 Шаңарағыңызды бахыт, әўмет ҳеш қашан тәрк етпесин!

🤲 Бүгинги күниңиз нийет еткениңизден де абзал ҳәм пайызлы өтсин!


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
🙄 Ислам шәрияты мал-мүликти қорғаў мақсетинде адамларды мийнет етиўге, ырысқыны терип жеўге, жер бетинде ҳәрекет етиўге, кәсип-өнерге ийтермелеген.

📖 Аллаҳ таала Жума сүресинде былай дейди:
👉 «Кейин намаз таўсылғанда жер бети бойлап тарқалың ҳәм Аллаҳтың кеңшилигинен талап етиң ҳәм Аллаҳты көп зикир етиң, қәнекей (сонда) утысқа ериссеңиз» (10-аят). Усы аяты кәриймада Аллаҳ таала мөмин-мусылманларды жер бетине тарқалып, ҳадал жол менен ырысқы табыўға шақырмақта ҳәм бул исти «Аллаҳтың кеңшилигинен талап етиў», деп атамақта.

📖 Аллаҳ таала Мулк сүресинде бундай дейди:
👉 «Ол сизлерге жерди хорланған (бойсыныўшы) етип қойды. Солай екен, оның түрли тәреплеринде жүриң ҳәм (Аллаҳтың берген) ырысқысынан жең! Тирилип шығыў Оның алдына» (15-аят). Усы аяты кәрийма Ислам дини бойынша мийнетке шақырыў, ырысқыны терип жеў, жер бетиниң түрли жерлеринде ҳәрекет етиў зәрүрлигине дәлил есапланады. Бул аяттағы «жүриң» деген еслетпе мусылманларды бәрқулла кәсип-өнерге шақырған ҳәм жалқаўлық, бийкаршылықтан шетлеткен. Соның менен бирге, ырысқы Аллаҳ тааладан болыўын умытпаў зәрүрлигин еслеткен.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#күн_ҳикмети

🙄 Өзлигиңди еки нәрсе белгилеп береди:

– Ҳеш нәрсең жоқ болғандағы сабырың.
– Ҳәмме нәрсең бар болғандағы
(олардан) пайдаланыўың.

📖 "Ҳикметлер – саадатқа жетеклер" китабынан.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
2024/11/20 10:27:04
Back to Top
HTML Embed Code: