Telegram Web Link
Диний қәнигелердиң тәжирийбесин асырыў мақсетинде тәжўид сабағы курсы басланды

Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы «Қуран ҳәм тәжўидти үйретиў» бѳлими тәрепинен диний қәнигелердиң тәжирийбесин асырыў бойынша тәжўид сабағы шѳлкемлестирилген еди.
«Қуран ҳәм тәжўидти үйретиў» бѳлими қәнигеси, қарый Абдулбосит Эшқобилов басшылығында бүгин пайтахтымыздағы орайлық «Имам ийшан Муҳаммад» жаме мешити мәжилислер залында имам-хатиб ҳәм имам-найыплар қатнасында тәжўид сабағы басланды.
Онда, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Б.Разов қатнасып, илим алыў уллы ибадат екенлиги, илим жәрдеминде Рәббини таныўға, Оның парызларын орынлаўға муўапық болыўы ҳаққында аятлардан, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ҳәдислеринен мысаллар келтирди ҳәм қатнасыўшыларға әўметлер тиледи.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Тахиатаслы ҳажылар ҳәм имам-хатиблер менен биргеликте мәнаўий ушырасыў болып ѳтти

Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар басламасы менен шѳлкемлестирилген “Жаңа Өзбекстан пидәйисы болып, руўхыйлық үгит-нәсиятшысына айланамыз” сүрени астында ҳажыларымыз ана Ўатанымыз раўажланыўына қалыс хызмет етип, мəҳеллелерде адасқанлардың болмаўына ерисиў, жəмийетте меҳир-мириўбетти, шаңарақлар арасындағы татыўлықты күшейтиў, жасларды Ўатан сүйиўшилик руўхында тəрбиялаў, Жаўызлыққа қарсы – мәрипат пенен гүресиў, ажырасыў жағасындағы шаңарақларды жарастырыў, нәгиранлығы болған, кесел инсанлар ҳалынан хабар алыў усаған ийгиликли ислерге ѳзлериниң үлеслерин қоспақта.
Бүгин, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов жәрдемге мүтәж шаңарақлар ҳалынан хабар алыў, оларға әмелий ҳәм материаллық жәрдемлер бериў мақсетинде Тахиатас районына барды. Район бас имамы Рафатдин Омирзақов пенен биргеликте райондағы мешитлердеги шараятлар, абаданластырыў жумыслары менен жақыннан танысты. Мешит жәмәәти ҳәм нураныйлар менен ушырасып, олар менен сәўбетлести.
Сапар даўамында Тахиатас районындағы ҳажылар ҳәм имам-хатиблер менен биргеликте райондағы «Сарайкѳл» мәҳәллеси «Шеге жап» елатлы пункитинде жасаўшы 1-топар майыбы Г.Байрамов ҳәм 2-топар майыбы Р.Қурбановлар ҳалынан хабар алды, ата-аналары менен сәўбетлести, азық-аўқат ѳнимлери берилип, Аллаҳ тааладан тез күнлерде тәўир болып кетиўин сорап дуўалар қылынды.
Ушырасыўдан соң қазы Б.Разов Тахиатас районы бас имамы Рафатдин Омирзақовқа райондағы мешитлерден хабар алыў, имам-хатиблер менен ушырасыўлар ѳткериў, тараўға тийисли тапсырмаларды ўақтында орынлаў бойынша кѳрсетпелер берди.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#намаз_ўақытлары

😑 Нөкис ўақты менен 24-сентябрь күнги намаз ўақытлары

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ассаламу алайкум!

Бүгин ҳәптениң Сийшемби күни



  Сийшемби күниңиз қайырлы болсын!

     24-Сентябрь                          2024
     21-Робиъул әўўәл                1446



🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱

    Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып  өтиўин сизге несип етсин!
   

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#таңғы_тилек

🙄 АССАЛАМУ АЛАЙКУМ!

🌸 Аманлықта дийдарласыўды несийбемизге жазғанына шүкир!

🌸 Өмириңиздиң және бир таңы мүбәрек ҳәм қайырлы болсын!

☘️ Аллаҳым ҳәр бир қылып атырған қайырлы исиңизден басқан ҳәр бир қәдемиңизден разы болсын!

🌸 Дениңиз саў, қәлбиңиз тыныш болыўын тилеймиз.

☘️ Ҳадал тапқаныңыз тек ғана қуўанышқа, жақсылыққа буйырсын.

🌸 Ибадатларыңыз әжр-саўапларға толы болсын!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
2024/10/02 20:44:17
Back to Top
HTML Embed Code: