Telegram Web Link
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#таңғы_тилек

🌺 Ийгиликли әмеллер қылыў ушын имканият берип, таңда оятқан Аллаҳ таалаға шүкирлер болсын!

🌺 Аллаҳ таала бул муқаддес айда қылып атырған ибадатларыңызды қабыл етсин!

🌺 Жаңа күннен үмит еткен мақсетлериңизге жетиўиңизде Аллаҳ таала жәрдемшиңиз болсын!

🌺 Күниңиз — жақсылық пенен басланып, үйлериңизге тынышлық ҳәм берекет алып келсин!

🌺 Шаңарағыңызды бахыт, әўмет ҳеш қашан тәрк етпесин!

🤲  Бүгинги күниңиз нийет еткениңизден де абзал ҳәм пайызлы өтсин!


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Кисўа #Муҳаррам #Жаңа_жыл

🕋 1-муҳаррам түнинде Каабаны жаўып турыўшы Кисўа тазасына алмастырылды.

Кааба гербиш ҳәм таслардан қурылған, бийиклиги 13 метр, Аллаҳ таала Ибраҳим ҳәм баласы Исмайыл алайҳиссаламға оны Мәккәда қурыўды буйырған.

Оны жаўып турыўшы Кисўа түрли дәўирлерде қызыл, ақ, жасыл, ақ-қара реңлерде болған.

Аббасийлер дәўиринен ҳәзирге шекем Кисўа қара реңде.

Бүгинги Кисўада алтын суўы жүритилген жиплер менен Қуран аятлары жазылған.

Кисўа алмастырылғаннан кейин, оның бөлеклери музейлерге, түрли мәмлекетлерге, итибарлы инсанларға саўға қылынады.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис

Муҳаррам айының пазыйлети

Усы айда «Ләә иләәҳә илләллооҳ» кәлиймасын көп тәкирарлаў менен нәпил ораза тутыўдың саўабы ҳаққында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан жүдә көп ҳәдислер келген.
Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳу айтады: Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан «Бес ўақыт парыз намазынан кейин қайсы намаз абзал?» деп сорады.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Түнниң ортасында оқылған намаз (яғный, таҳажжуд)", - деди.
Тағы соралды: «Рамазан оразасынан кейин қайсы ораза абзал?»
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Аллаҳтың айлары ишинде сизлер «Муҳаррам» деп атайтуғын айда тутылған ораза», – деп жуўап берди».

Имам Аҳмад, Муслим, Әбиў Даўыт.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
​​#мағлыўмат

МУҲАРРАМ – ТӘЎБЕ АЙЫ

Әлий разыяллаҳу анҳу деди:
«Бир адам келип, Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан:
«Рамазаннан кейин қайсы ай оразасын тутыўымды буйырасыз?» – деп сорады.
«Егер Рамазаннан кейин ораза тутыўшы болсаң, Муҳаррамды тут. Себеби, ол Аллаҳтың айы. Онда Аллаҳ бир қәўимниң тәўбесин қабыл қылған ҳәм басқа қәўимлердиң де тәўбесин қабыл қылады», – деди».

Термизий рәўияты ҳәм ҳасан, деген.

Демек, усы ҳәдистен алынатуғын пайдаларымыз:
1. Қайсы ўақытта нәпил ибадат етиў абзал екенлигин билип алыўға қызығыў.
2. Рамазан оразасынан кейинги ең абзал ораза Муҳаррам айы оразасы екенлиги.
3. Муҳаррам айы Аллаҳтың айы атына сазаўар болған ай екени. Барлық айлар да Аллаҳтики. Лекин, Муҳаррам айының сол ат пенен аталыўы бул айдың абырайын көтереди.
4. Аллаҳ таала Муҳаррам айында өткен қәўимлерден бириниң тәўбесин қабыл қылғаны.
5. Муҳаррам айында Аллаҳ таала басқа қәўимлердиң де тәўбесин қабыллаўы.

Муҳаррам айы ҳаққында қандай мағлыўматларға ийемиз ҳәм бул айда қандай ибадатларды орынласақ саўапқа ерисемиз? Қулласы, соған уқсас сораўларға итибар берсек.
«Муҳаррам» сөзи сөзликте «ҳүрметленген», «ҳарам қылынған», «уллыланған» деген мәнилерди береди.
Ҳақыйқаттан да, Муҳаррам айы ҳүрметли ай. Бул ай ҳижрий сәне басланған ай.
Муҳаррам айы Аллаҳ таала урысты ҳарам қылған төрт айдан бири. Буннан артық ҳүрмет болыўы мүмкин бе? Бул ай «Аллаҳтың айы» деп аталады.
Муҳаррам айы Рамазан айынан кейинги орында турады. Бул айда ең уллы күнлерден бири – Ашура күни бар. Бул айдың ҳүрмети, ҳарамлығы ҳәм уллылығын ҳәдислерди үйрениў даўамында тереңлеў билемиз.

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салам:
«Рамазаннан кейинги ең абзал ораза Аллаҳтың Муҳаррам айы (оразасы). Парыз намаздан кейинги ең абзал намаз түнги намаз», деди».

Бесеўинен тек Бухарий рәўият қылмаған.

Шолыў: Усы ҳәдистен алынатуғын пайдалар:
1. Рамазан оразасынан кейинги ең абзал ораза Муҳаррам айы оразасы екенлиги.
2. Муҳаррам айы Шаҳруллаҳ – Аллаҳтың айы деп аталыўы.
3. Парыз намазынан кейинги ең абзал намаз түнги намаз (таҳажжуд намазы) екенлиги.
4. Муҳаррам айында көбирек ораза тутыўға ҳәрекет етиўимиз лазымлығы.
5. Түнде таҳажжуд намазларын оқыўға әдетлениўимиз кереклиги.

@paziyletuz | paziylet.uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#дуўа

  Жаўын жаўып турғанда айтылатуғын дуўа

  Айша разыяллаҳу анҳадан рәўият етиледи: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «...егер жаўын жаўса: «Аллооҳуммә соййибән нәәфиъан» дейтуғын еди.

Мәниси: «Аллаҳым пайдалы жаўын қыл».

      Әзизлер, жаўын жаўып турған ўақыт Аллаҳ тааланың мийрим есиклери ашылып турған ҳәм дуўалар қабыл болатуғын ўақыт. Солай екен, ўатанымыз, халқымыз, шаңарағымыз ҳәм өзлеримиз ушын жақсы дуўалар қылып алайық.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис

АШУРА КҮНИ

Әбиў Саъид разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Ким Ашура күни шаңарағына кеңлик етсе, Аллаҳ оған жыл бойы кеңлик қылады», деди».

Усы рәўияттағы кеңлик етиўден мақсет жеп-ишиў, қуўантырыў мәнисинде, яғный дастурханын толтырып қойса, бала-шағасына саўғалар берип қуўантырса, дегени.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#намаз_ўақытлары

😑 Нөкис ўақты менен 8-июль күнги намаз ўақытлары

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ассаламу алайкум!

Бүгин ҳәптениң Дүйшемби күни



  Дүйшемби күниңиз қайырлы болсын!

     8-Июль                          2024
     2-Муҳаррам                        1446



🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱

    Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып  өтиўин сизге несип етсин!
   

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Таңғы_тилек

🌸 Жаңа ҳәптениң биринши күни мүбәрек болсын!

🌸 Жаңа ҳәптеден үмит еткен барлық жақсы нийетлериңиз әмелге ассын!

🌸 Күниңиз мазмунлы ҳәм жақсы хабарларға толы болсын!

🌸 Ҳәр бир қайырлы исте Аллаҳ таала жәрдемшиңиз болсын!

🌸 Күниңиз қуўанышта ҳәм ийгиликли ислер менен және де мазмунлы өтсин!

🌸 Жақсылық ҳәм жақсылар мудамы жолдасыңыз болсын!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис

    Кәмбағаллық даўасы

    Саҳл ибн Саъд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:

  "Бир адам Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдына кәмбағаллықтан, жасаў қыйыншылығынан ямаса табысы (кемлиги)нен шағым етип келди. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам оған:
"Үйге киргениңде, үйде адам болса, болмаса сәлем бер. Кейин маған салаўат-сәлем айт, соң "Қул ҳуўаллооҳу аҳад" (Иқлас сүреси)н бир рет оқы!", деди. Киси сондай еткен еди, Аллаҳ оның ырысқысын мол қылды ҳәм жақсылықларын көбейтти.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz    
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#ҳәдис

   Муҳаррам айының пазыйлети

     Муҳаррам айы Рамазан айынан кейин туратуғын ең ҳүрметли ай. Бул ай ҳижрий сәнениң басланыў айы. Динимизде бул ай урыс ҳарам етилген айлардан бири есапланады. Ал, Ашура күни Муҳаррам айының оныншы күни.
      Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссалам бул айда ораза тутыўға шақырған.
      Әлий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:  Бир адам Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға:
      «Ҳәй Аллаҳтың Расули, Рамазаннан кейин қайсы айда ораза тутыўыма буйырасыз», - деди. Сонда Расулы Әкрам алайҳиссалам: «Егер Рамазаннан кейин ораза тутпақшы болсаң, Муҳаррам айында тут. Себеби, ол Аллаҳтың айы, онда бир қәўимниң тәўбесин қабыл еткен тағы басқа қәўимлердиң де тәўбесин қабыл етеди», - деп жуўап берди».

   Имам Термизий рәўияты    
     
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz    
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Рамазан айы оразасынан кейин қайсы күнниң оразасын сағынып күткен?
Anonymous Quiz
21%
Арафа күниниң оразасын
42%
Ашура күниниң оразасын
37%
Шаўўал айындағы 6 күнлик оразаны
#Тәрбия

    Урыў баланың денеси, ақылы ҳәм руўҳына көп зыян жеткизеди. Кыямет күнинде Аллаҳ тааланың алдында жеткизген бул зыянларыңыз ушын қандай жуўап бересиз?!

"Шаңарақ бахыт-саадат мәканы"

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz    
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#намаз_ўақытлары

😑 Нөкис ўақты менен 9-июль күнги намаз ўақытлары

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ассаламу алайкум!

Бүгин ҳәптениң Сийшемби күни



  Сийшемби күниңиз қайырлы болсын!

     9-Июль                                   2024
     3-Муҳаррам                          1446



🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱🌱

    Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып  өтиўин сизге несип етсин!
   

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
2024/10/01 22:30:47
Back to Top
HTML Embed Code: