Telegram Web Link
Қарақалпақстанда “TechnoWays” технологиялық раўажланыў марафоны өткериледи

Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынларының 16-30 жас студент-жаслары арасында биринши мәрте “TechnoWays” технологиялық раўажланыў марафоны шөлкемлестирилмекте.

Тийкарғы мақсет – республикамыздағы студент-жаслардың инженерлик тараўындағы билими ҳәм көнликпелерин раўажландырыў, оларды илимий-инновациялық жумысларға кеңнен қамтып алыў, сондай-ақ, инновациялық жойбарларын қоллап-қуўатлаў болып есапланады.

Марафонның 1-басқышына СТАРТ берилген болып, онда республикамыздағы 12 жоқары оқыў орынларынан жеңимпаз студент-жаслар сайлап алынады. Усы жылдың 8-11-октябрь күнлери марафонның 2-жумақлаўшы басқышы өткерилиўи режелестирилген.

Марафон шеңберинде семинар-тренинглер, өндирислик кәрханаларға технотурлар, инновациялық көргизбелер және де ҳәр қыйлы илажлар шөлкемлестириледи.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Кеўил билдириў

Усы жылдың 22-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген санаат хызметкери, белгили мәмлекетлик ғайраткер Худайберген Айманов 68 жасында дүньядан өтти.

Худайберген Айманов 1956-жылы Нөкис қаласында туўылған. 1973-1974-жылларда Нөкис авиаотрядының жанылғы-майлаў материаллары бөлиминде қоймашы лаўазымында мийнет жолын баслаған болып, 1976-1979-жылларда Нөкис авиаотрядының авиатехниги лаўазымында, буннан соңғы жылларда "Тақыятас нефть базаси" унитар кәрханасының үлкен диспетчери, бас инженери, директоры лаўазымларында жемисли мийнет етти.

Ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларында Республикалық "Нефтөнимлери тәмийнаты" кәрханасы директорының орынбасары, 1995-2002-жылларда "Шымбай нефть базасы" унитар кәрханасының директоры, 2002-2003-жылларда "Қарақалпақнефтөнимлери" кәрханасының директоры лаўазымларын табыслы атқарды.

Худайберген Айманов 2003-2004 ҳәм 2006-2009-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Санаат, қурылыс, транспорт, саўда ҳәм байланыс мәселелери комитети баслығы сыпатында елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында, санаат, қурылыс ҳәм басқа да тараўлардың раўажланыўында, нызам дөретиўшилиги ҳәм орынланыўын тәмийинлеў бағдарында да нәтийжели жумыс алып барды.

Буннан соңғы жылларда "Ўзтрансгаз" акционерлик компаниясы "Шимолгазтаъминот" унитар кәрханасы директоры ўазыйпасын атқарыўшы лаўазымларында ҳәм өмириниң ақырына шекем "Ҳудудгазтаъминот" акционерлик жәмиети "Ҳудудгаз Қарақалпақстан" газ тәмийнаты филиалының директоры лаўазымларында өз ўазыйпасын жуўапкершилик пенен атқарды.

Худайберген Айманов қайсы лаўазымда ислеседе, өзин мийнетсүйгиш, терең билимли, истиң көзин билетуғын шебер шөлкемлестириўши басшы сыпатында таныта билди. Ол республикамыз санаатын раўажландырыўдай үлкен ўазыйпаны атқарыўда өзиниң салмақлы үлесин қосып, бир неше шәкиртлер таярлады. Оның мийнетлери өз ўақтында мүнәсип баҳаланып, «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген санаат хызметкери» атағы менен сыйлықланды.

Халқымыз ийгилиги ушын аянбай мийнет еткен қәдирли инсан, белгили санаат тараўы хызметкери, сиясий-жәмийетлик ғайраткер, үлгили устаз Худайберген Аймановтың жарқын естелиги халқымыздың ядында узақ сақланып қалады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси,
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ютуб (YouTube) каналы өз жумысын баслады

Сиз бул жерде Президентимиз басшылығында Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылып атырған реформалардың турмысымызда сәўлелениўи, халқымыз абаданлығын тәмийинлеў жолындағы ийгиликли ислерден хабардар боласыз.

Соның менен бирге Жоқарғы Кеңес, ҳүкимет ҳәм депутатлардың жумыслары жөнинде кеңнен мағлыўматлар берип барылады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Ата-ана қарамағынан айырылған балаларға 50 процент көбирек стипендия бериледи

📃 Нызамшылыққа муўапық, жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар мәмлекетлик бақшалар ҳәм мектеплерге нәўбетке қойылмастан жайластырылады.

Оларға техникум, колледж, академиялық лицей яки ЖООда оқып атырғанда ҳәр оқыў жылында 1 мәрте оқыў, илимий ҳәм көркем әдебиятлар (китаплар) сатып алыў ушын БЕМның 5 есеси (1 млн 700 мың сум) муғдарында субсидия бериледи.

Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар оқыўды мәмлекетлик ЖООларда даўам еттиргенде оларға стипендия 50 процентке көбейтилген ҳалда төленеди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстанда аўыл хожалығы тараўы ушын жаңа төгин түри сынаўдан өткерилди

Аўыл хожалығы тараўын раўажландырыўда егилетуғын егинлердиң жаңа сортларын ҳәм төгинлерди ойлап табыў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан бирине айланбақта.

Нөкис районы «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Д.С.Феруз» фермер хожалығының 1 гектар пахта ҳәм 1 гектар гүнжи майданында жергиликли илимпазлар тәрепинен ислеп шығылған органикалық төгин сынаўдан өткерилип, бул бойынша көргизбели семинар шөлкемлестирилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, аўыл хожалығы илимпазлары ҳәм фермер хожалығы баслықлары қатнасты.

Илимпазлар тәрепинен жергиликли Глаукониттан Карафос органикалық төгини исленип, егинлерде сынаўдан өткерилди.

Нәтийжеде, өнимдарлық еки есеге арттырылыўына ҳәм ығаллық узақ ўақыт сақлап турылыўына ерисилди. Сондай-ақ, жаңа төгин егин тез раўажланыўына жәрдем берип, мол зүрәәт алынды.

Қорақалпоғистонда қишлоқ хўжалиги соҳаси учун янги ўғит тури синовдан ўтказилди

Қишлоқ хўжалиги соҳасини ривожлантиришда экиладиган экинларнинг янги навларини ва ўғитларни кашф этиш бугунги куннинг аҳамиятли вазифаларидан бирига айланмоқда.

Нукус тамани «Саманбай» овул фуқаролар йиғинидаги «Д.С.Феруз» фермер хўжалигининг 1 гектар пахта ва 1 гектар кунжут майдонида маҳаллий олимлар томонидан ишлаб чиқилган органик ўғит синовдан ўтказилиб, бу бўйича кўргазмали семинар ташкил этилди.

Тадбирда Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгеси Раисининг ўринбосари Р.Сапарбаев, қишлоқ хўжалиги олимлари ва фермер хўжалиги раҳбарлари иштирок этди.

Олимлар томонидан маҳаллий Глауконитдан Карафос органик ўғити тайёрланиб, экинларда синовдан ўтказилди.

Натижада, ҳосилдорлик икки ҳисса орттирилишига ва намликнинг узоқ вақт сақлаб турилишига эришилди. Шунингдек, янги ўғит экинлар тез ривожланишига ёрдам бериб, мўл ҳосил олинди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақ миллий көркем өнери Қубла Кореядағы дүньяжүзлик фестивальда кең үгит-нәсият етиледи

Усы жылдың 25-29-сентябрь күнлери Қубла Кореяның Чхонан (Cheonan) қаласында «Cheonan world dance festival 2024» дүньяжүзилик фестивалы өткериледи. Фестивальда дүңьяның көплеген халықларының миллий ҳәм заманагөй аяқ ойыншылары, соның менен бирге фольклор ҳәмде миллий эстрада қосықшылары қатнасады. Фестивальда «Айқулаш» қарақалпақ мәмлекетлик миллий ансамбли, фольклор атқарыўшылары ҳәмде миллий эстрада қосықшылары қатнасады.

Мағлыўмат орнында, «Cheonan world dance festival» 2003-жылдан берли өткерилип, 2020-жыл Қубла Кореяның абыройлы мәденият ҳәм туризм фестивалы сыпатында тан алынған. 2023-жылы бул фестивальда пүткил дүньядан 870 мың көркем өнер ўәкиллери қатнасқан.

Қорақалпоқ миллий санъати Жанубий Кореядаги бутунжаҳон фестивалида кенг тарғиб этилади

Жорий йилнинг 25-29 сентябрь кунлари Жанубий Кореянинг Чхонан (Cheonan) шаҳрида «Cheonan world dance festival 2024» бутунжаҳон фестивали ўтказилади. Фестивалда дунёнинг қатор халқларининг миллий ва замонавий раққослари, шунингдек, фольклор ва миллий эстрада хонандалари иштирок этишади. Шулар қаторида, ушбу фестивалда “Айқулаш” қорақалпоқ давлат миллий ансамбли, фольклор ижрочилари ҳамда миллий эстрада хонандалари қатнашади.

Маълумот ўрнида, «Cheonan world dance festival» 2003-йилдан буён ўтказилиб, 2020-йилда Жанубий Кореянинг нуфузли маданият ва туризм фестивали сифатида тан олинган. 2023-йилда ушбу фестивалда бутун дунёдан 870 минг санъат вакиллари иштирок этишган.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Бироздан сўнг Президент Шавкат Мирзиёев раислигида қурилиш индустрияси ва қурилиш материалларини ишлаб чиқаришни янада ривожлантириш чора-тадбирлари юзасидан видеоселектор йиғилиши бошланади.

Бираздан соң Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында индустрия ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыўды жәнеде раўажландырыў ис-илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси басланады.

Facebook|Instagram|X
Президент Шавкат Мирзиёев раислигида қурилиш индустрияси ва қурилиш материаллари ишлаб чиқаришни ривожлантириш масалаларига бағишланган йиғилиш бошланди.

Кун тартибидаги асосий масалаларга ўтишдан олдин давлатимиз раҳбари камбағалликни қисқартириш ва аҳоли турмуш фаровонлигини ошириш масалаларига тўхталди.

Президент куни кеча имзолаган 2 та муҳим ҳужжатга мувофиқ, шу йилнинг ўзида 500 минг, келгуси йилда яна 1 миллион одамни камбағалликдан чиқаришга қаратилган “Камбағалликдан фаровонлик сари” дастури бошланмоқда.

Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында қурылыс индустриясы ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыўды раўажландырыў мәселелерине арналған мәжилис басланды.

Күн тәртибиндеги тийкарғы мәселелерге өтиўден алдын мәмлекетимиз басшысы кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм пуқаралардың турмыс абаданлығын арттырыў мәселелерине тоқталды.

Президент күни кеше қол қойған 2 әҳмийетли ҳүжжетке муўапық, усы жылдың өзинде 500 мың, келеси жылда және 1 миллион адамды кәмбағаллықтан шығарыўға қаратылған «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы басланбақта.

Facebook|Instagram|X
Бандлик вазирлигининг ҳозирги иш юритиши билан бу марраларга эришиб бўлмаслиги қайд этилди.

Шу муносабат билан Ботир Зоҳидов камбағалликни қисқартириш ва бандлик вазири лавозимига тасдиқлангани маълум қилинди.

Бу вазирлик фаолияти ҳам мутлақо бошқача бўлиши кўрсатиб ўтилди. Маҳаллабай агентлиги тугатилиб, унинг барча вазифалари ҳамда ҳоким ёрдамчилари Камбағалликни қисқартириш ва бандлик вазирлигига ўтади.

Бәнтлик министрлигиниң ҳәзирги жумыс алып барыўы менен бул шеклерге ерисип болмаўы атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен Ботир Зоҳидов кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри лаўазымына тастыйықланғаны мәлим етилди.

Бул министрлик жумысы да пүткиллей басқаша болыўы көрсетип өтилди. Мәҳәллебай агентлиги тоқтатылып, оның барлық ўазыйпалары ҳәмде ҳәким жәрдемшилери кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигине өтеди.

Facebook|Instagram|X
Давлатимиз раҳбари мамлакатимиз олдида ташқи меҳнат миграцияси соҳасида очилаётган улкан имкониятларни тўлиқ ишга солиш зарурлигини таъкидлади.

Шу муносабат билан Ташқи меҳнат миграцияси агентлиги Ҳукумат бўйсунувига ўтказилади ва Бехзод Мусаев унга раҳбар этиб тайинланади.

Агентликка фуқароларимизнинг хориждаги юқори даромадли меҳнат бозорларига кириши бўйича бошланган ишларни жадаллаштириш топширилди. Ҳокимлар ва хориждаги дипломатик ваколатхоналар хорижда меҳнат қилаётган юртдошларимиз тақдири учун агентлик билан тенгма-тенг жавобгар бўлиши белгиланди.

Мәмлекетимиз басшысы мәмлекетимиз алдында сыртқы мийнет миграциясы тараўында ашылып атырған үлкен имканиятларды толық иске салыў кереклигин атап өтти.

Усы мүнәсибет пенен Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги Ҳүкимет бойсыныўына өткериледи ҳәм Бехзод Мусаев оған басшы етип тайынланады.

Агентликке пуқараларымыздың сырт елдеги жоқары дәраматлы мийнет базарларына кириўи бойынша басланған жумысларды жеделлестириў тапсырылды. Ҳәкимлер ҳәм сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалар сырт елде жумыс ислеп атырған ўатанласларымыз тәғдири ушын агентлик пенен теңбе-тең жуўапкер болыўы белгиленди.

Facebook|Instagram|X
Камбағал оилаларга деҳқончилик ва боғдорчилик учун 50 минг гектар ер ажратиш чора-тадбирлари кўриб чиқилди.

Қишлоқ хўжалиги вазирлиги ва ҳокимликларга яна қўшимча 50 минг гектар ер топиш, улар негизида 200 минг оилани даромадли қилиб, камбағалликдан чиқариш бўйича ҳисоб-китобларни амалга ошириш топширилди.

Сўх, Бахмал, Поп, Оҳангарон туманларида саноатлашган “ин-витро” боғлар яратиш тажрибасини бутун республикага ёйиш зарурлиги қайд этилди.

Бунда, “ипотека боғлари” яратилиб, ҳосилга кирганидан кейин одамларга 5 йилда бўлиб тўлаш шарти билан лизингга берилади.

Боғ яратаман, деган тадбиркорга ерни арзон кредити ва тайёр лойиҳаси билан бирга берадиган тизим бўлади.

Ушбу тизимни йўлга қўйиб, шу йилни ўзида 14 минг, келгуси йил 29 минг гектарда мана шундай боғ ва токзорлар ташкил қилиш вазифаси қўйилди.

Кәмбағал шаңарақларға дийқаншылық ҳәм бағшылық ушын 50 мың гектар жер ажыратыў ис-илажлары көрип шығылды.

Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм ҳәкимликлерге және қосымша 50 мың гектар жер табыў, олар тийкарында 200 мың шаңарақты дәраматлы қылып, кәмбағаллықтан шығарыў бойынша есап-китапларды әмелге асырыў тапсырылды.

Сўх, Бахмал, Поп, Оҳангарон районларында санаатласқан “ин-витро” бағлар жаратыў тәжирийбесин пүткил республикаға жайыў зәрүрлиги атап өтилди.

Бунда, “ипотека бағлары” жаратылып, өнимге киргеннен кейин адамларға 5 жылда бөлип төлеў шәрти менен лизингке бериледи.

Бағ жаратаман, деген исбилерменге жерди арзан кредити ҳәм таяр жойбары менен бирге беретуғын система болады.

Усы системаны жолға қойып, усы жылдың өзинде 14 мың, келеси жыл 29 мың гектарда мине усындай бағ ҳәм жүзимзарлар шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

Facebook|Instagram|X
Йиғилишда иқтисодиётнинг барча тармоқлари ривожланишига катта импульс берадиган соҳалардан бири – қурилиш эканлиги таъкидланди.

Масалан, Ўзбекистонда йилига 150 триллион сўмлик қурилишлар бўлаяпти. Бу маблағларнинг учдан бирини қурилиш материаллари ташкил этади.

Харажатларнинг қолган қисми электротехника, машинасозлик, тўқимачилик, кимё, металлни қайта ишлаш саноатлари, қурилиш техникалари, қуриш-пардозлаш, лойиҳалаш ва дизайнер хизматларига тўғри келади.

Содда қилиб айтганда, қурилиш – минглаб оддий ишчиларни банд қилишдан тортиб, лойиҳачи, архитектор, дизайнер, муҳандис-технолог каби юқори маош оладиган креатив саноат мутахассисларига талабни шакллантирадиган соҳа.

Мәжилисте экономиканың барлық тармақлары раўажланыўына үлкен импульс беретуғын тараўлардың бири – қурылыс екенлиги атап өтилди.

Мәселен, Өзбекстанда жылына 150 триллион сумлық қурылыслар болып атыр. Бул қаржылардың үштен бирин қурылыс материаллары қурайды.

Қәрежетлердиң қалған бөлеги электротехника, машинасазлық, тоқымашылық, химия, металды қайта ислеў санаатлары, қурылыс техникалары қурылыс-пардозлаў, жойбарлаў ҳәм дизайнер хызметлерине туўра келеди.

Әпиўайы етип айтқанда, қурылыс – мыңлаған әпиўайы жумысшыларды бәнт етиўден баслап, жойбарлаўшы, архитектор, дизайнер, инженер-технолог сыяқлы жоқары айлық алатуғын креатив санаат қәнигелерине талапты қәлиплестиретуғын тараў.

Facebook|Instagram|X
Мамлакатимизда сўнгги етти йилда қарийб 100 миллиард долларлик қурилиш ишлари бажарилиб, бу борада катта тажриба орттирилгани таъкидланди.

Лекин иқлим ўзгариши, энергия ва табиий ресурслар тобора танқис бўлаётгани, демография ва экология масалалари бутун дунёда қурилиш индустриясида ҳар куни янги ёндашув ва янги ечимларни тақозо қилмоқда.

Масалан, ҳозирги лойиҳалар фақат бинони ўзини қуриш билан чекланмасдан, автотураргоҳи, яшил ҳудуди, мактаб-боғчаси, спорт ва хизмат объектлари қандай бўлади, деган саволларни ҳам комплекс қамраб олиши керак.

Давлатимиз раҳбари бу борада ҳали қиладиган ишлар жуда кўплигини кўрсатиб ўтди.

Айниқса, бизни шароитда таннарх, сифат ва қурилиш маданияти энг долзарб масала бўлиб қолмоқда.

Мәмлекетимизде соңғы жети жылда дерлик 100 миллиард долларлық қурылыс жумыслары орынланып, бул бағдарда үлкен тәжирийбе арттырылғанлығы атап өтилди.

Бирақ, климат өзгериўи, энергия ҳәм тәбийғый ресурслар барған сайын жетиспей атырғанлығы, демография ҳәм экология мәселелери пүткил дүняда қурылыс индустриясында ҳәр күни жаңа жантасыў ҳәм жаңа шешимлерди талап етпекте.

Мәселен, ҳәзирги жойбарлар тек имараттың өзин қурыў менен шекленбей, автомайданша, жасыл аймақ, мектеп-бақшасы, спорт ҳәм хызмет объектлери қандай болады, деген сораўларды да комплекс қамтып алыўы керек.

Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарда еле исленетуғын жумыслар жүдә көп екенлигин көрсетип өтти.

Әсиресе, бизиң шараятта өзине түсер баҳа, сапа ҳәм қурылыс мәденияты ең актуал мәселе болып қалмақта.

Facebook|Instagram|X
2024/11/16 12:10:52
Back to Top
HTML Embed Code: